Қолыныздағы бул китапта әдебиятымыз тарийхында белгили орнына ийе талантлы сөз шеберлери менен бирге әдебиятымызға соңғы жыллары келип қосылып атырған жас талант ийелериниң өмирбаяны хәм шығармаларының библиографиялық мағлыўматлары берилди.
Бул бағдарламадағы өмирбаянлық, библиографиялық мағлыўматлар көркем әдебиятқа қызығыўшылар менен мәденият тараўы хызметкерлерине, улыўма билим беретуғын мектеплер ҳәм кәсип-өнер колледжлери менен академиялық лицей хәм жоқары оқыў орынларының әдебият пәни муғаллимлери менен оқыўшылар жәмәәти ушын да пайдалы қолланба бола алады деген үмиттемиз.